Кореяның Сеул қаласында «Корея-Өзбекстан (Қарақалпақстан) бирге ислесиўин раўажландырыў орайы ашылды
970
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз басшылығында халықаралық бирге ислесиўлерди раўажландырыў бойынша оғада көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Усы тийкарда бир қатар сырт мәмлекетлер, соннан, Корея мәмлекети менен де жақын шериклик мүнәсибетлери орнатылып, қатнасықлар беккемленип бармақта. Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы М.Атамуратов басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясының усы мәмлекетке сапары даўамында Кореяның Сеул қаласында «Корея-Өзбекстан (Қарақалпақстан) бирге ислесиўин раўажландырыў орайының ашылыў мәресими өткерилди. Онда Өзбекстанның Кореядағы елшиси А.Абдусаломов, People and Dream фонды басшылары, Корея-Өзбекстан жақын шериклик мүнәсибетлери шеңберинде мәмлекетимиздиң регионлары ҳәм исбилерменлери менен бирге ислесиўди жолға қойған ири компания ўәкиллери, оқыў орынлары профессорлары, мәмлекетлик уйымлар ўәкиллери қатнасты.
Бул илаж еки мәмлекет арасында өткен жыл ақырынан бери өткерилген әмелий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм бирге ислесиў келисимлери нәтийжеси болып, Корея ҳәм Өзбекстан арасындағы турақлы бирге ислесиўде жаңа бурылыс ноқатына тийкар жаратты. Ашылыў мәресиминде орайдың басшысы Ли Сеок Хенге Қарақалпақстан Республикасынан тайынланған рәсмий хат тапсырылып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм "Халық" фонды арасында орайдың жумысы ҳаққында исбилерменлик шәртнамасына қол қойылды. Илажда орайдың бизнес-режеси ҳәм оны әмелге асырыў стратегиясының презентациясы бойынша да қызғын додалаўлар болып өтти. Елши Алишер Абдусаломов: "Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан ушын оғада әҳмийетли регион болып табылады ҳәм усы бирге ислесиў ҳәм раўажланыў орайының ашылыўы еки мәмлекет арасында өз-ара түсинисиў ҳәм абаданлыққа алып келетуғынына үмит етемен," - деди ҳәм елшихана бирге ислесиў орайының жумысын белсене қоллап-қуўатлайтуғынын қосымша етти.
Атап өтиў орынлы, жаңадан шөлкемлестирилген бул орай биргеликте бизнес-режелерди әмелге асырыў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўлерди жолға қойыў, жоқары билимлендириўде өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм жаңа жумыс орынлары мәселелери бойынша жақын шериклик мүнәсибетлерин күшейтиўге хызмет етеди.