Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери менен ушырасты
1308
Ушырасыўда республикамыз аймағындағы спорт федерациялары ўәкиллери, спорт мектеплери басшылары ҳәм басқа да тараў жуўапкерлери қатнасты. Онда бүгинги күнде тараўда, соның ишинде спорт мектеплеринде спортшы жасларды таярлаўда әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққындағы мәселелер сөз етилди.
Өткерилген ушырасыўда соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қаратылып атырған айрықша итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар нәтийжесинде тараўда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың саны артып, елимиз байрағын дүньяға танытатуғын жаслардың көбейип атырғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге, жаратылып берилип атырған усыншама имканиятларға қарамай, айырым орынларда артта қалыўшылық жағдайлары ушырасып атырғанлығы да сынға алынды. Атап айтқанда, жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, “Бес баслама” беллесиўлеринде жеңимпазлар санын арттырыў, Өзбекстан ҳǝм Қарақалпақстан чемпионатлары, сондай-ақ, Азия ҳәм Жәҳән чемпионатлары, Олимпия ҳәм Паралимпия жеңимпазларын жетилистирип шығарыў, тренерлердиң маманлығын арттырыў, бар болған спорт залларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар қәте-кемшиликлер ҳәм артта қалыўшылықлар сынға алынды.
Сондай-ақ, спорт жөнелислери бойынша жасларымыздың халықаралық жарысларда ерисип атырған нәтийжелерин еле де жоқарылатыў, дүнья тән алған спортшыларды жетилистирип шығарыў ушын және қандай илажларды әмелге асырыў бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды. Илаж даўамында спорт гүреслери бойынша өткерилген Азия чемпионатында жоқары нәтийжелерге ерискени ушын Жалғасбай Бердимуратов ҳәм Шахзада Алланиязоваға Жоқарғы Кеңестиң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.