Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы кең түрде белгиленди
1286
Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығына бағышланған байрам салтанаты өткерилди. Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлер менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Байрам салтанатында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады. Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул көп миллетли халқымыздың аўызбиршилигин ҳәм дослығын беккемлеўши, оларды уллы дѳретиўшилик ислерге баслаўшы тийкарғы ҳүжжет есапланады. Елимиздиң раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, экономикамыздың жылдан-жылға беккемленип баратырғаны, халықтың социаллық жасаў шараятының жақсыланып атырғаны Конституциямызға тийкар етип алынған, терең ҳәм пуқта ойланған ийгиликли мақсетлердиң нәтийжеси болып саналады.
Усы орында соны да атап өтиўимиз тийис, елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында Қарақалпақстан Республикасы бойынша айрықша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда үлкен орын ийелеп келмекте. Бүгинги күнде республикамызда усы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында үлкен қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, салмақлы дөретиўшилик басламалар әмелге асырылмақта. Өткерилген илажда сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишинде, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди. Байрам илажында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты. Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.