Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў мәселелерине арналды
1046
Усы жылдың 8-апрель күни Жоқарғы Кенестиң мәжилислер залында «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў» атамасында семинар өткерилди. Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев кирис сөз бенен ашып берди. Онда Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан Мәҳәллелер аўқамының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бөлими жуўаплы хызметкери Б.Кушбаков, Мәҳәллелер аўқамы қала ҳәм районлық бөлимлери баслықлары, жергиликли ҳәкимликлердиң шөлкемлестириў – кадрлар топары баслықлары қатнасты.
Онда пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳəм өткериў, бул бойынша халық арасында түсиник ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыў, мәҳәллелер кесиминде исши топарлардың жумысларын муўапықластырып барыў, сайлаў өткерилетуғын объектлердиң дизимин қәлиплестирип, объектлерди керекли үскенелер менен тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелер кең түрде сөз етилди. Атап өтилгениндей, бул ретки пуқаралар жыйынлары баслықларының (ақсақалларының) сайлаўы жәмийетти және де реформалаў ҳәм демократияластырыў, мәмлекетти модернизациялаў шараятында май-июнь айларында болып өтеди. Семинар даўамында шөлкемлестириў жумыслары менен байланыслы сораўларға жуўаплар берилип, ўазыйпалар белгилеп алынды.