БМШниң Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы менен ушырасыў өткерилди
1027
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев БМШниң Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы Сабина Махл менен ушырасты. Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары ҳаққында атап өтти. Сондай-ақ, Бирлескен миллетлер шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылып атырған жумыслар, туризмди раўажландырыў бағдарында бирге ислесиў, мәдений мийрас объектлерине итибарды күшейтиў, оларды қорғаў ҳәм сақлаў, өтмиштен саза бериўши тарийхый естеликлер, бир неше әсирлик мәдениятымыз ҳәм миллийлигимиздиң әжайип дүрданаларын қәстерлеў, олардың ЮНЕСКО мийраслары қатарына киргизилиўин тәмийинлеў, илим-пән, мәденият бағдарларында бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.
Соның менен бирге, миллий мийрасларымыз болған атқарыўшылық ѳнериниң ең сайланды үлгилери есапланған бақсышылық, жыраўшылық, қыссаханлық, опера ѳнерлери бизде кең раўажланғанлығы, соңғы жыллары музыкалық мийрасларымыз болған қобыз ҳәм жыраўшылық дәстүрлерин қорғаўға ҳәмде жыраўшылық өнерин еле де раўажландырыўға жоқары итибар қаратылып атырғаны айрықша тилге алынды. Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша тапсырмасы менен миллий Қара үйди ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасларының дизимине, Қобыз саз әсбабын болса ЮНЕСКОның қорғаў дизимине киргизиў бойынша жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды. Ушырасыў жуўмағында Жоқарғы Кеңес Баслығы бирге ислесиўди еле де кеңейтиў бағдарында республика басшылары барқулла таяр екенлиги ҳәм ҳәр қандай усыныс қоллап-қуўатланатуғынлығын атап өтти.