Ҳуқуқбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў мәселелери кең түрде талқыланды
1252
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Б.Валиев қатнасыўында Президентимиздиң 03.01.2025 жылдағы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўы ҳәм криминоген жағдайды анализлеў, турақлылығын тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти. Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э.Таджиев, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм олардың жуўапкер орынбасарлары, қарардың орынланыўына жуўапкер болған Қарақалпақстан Республикасының министрликлери ҳәм уйымларының басшылары, жуўапкер хызметкерлери және аймақлық штаб ҳәм жумысшы топардың ағзалары қатнасты.
Мәжилисте мәҳәллелерде тынышлықты сақлаў, жәмийетлик қәўипсизликти ҳәм пуқаралардың тынышлығын тәмийинлеў, жаслар, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықты болдырмаў, мәмлекетлик басқарыў уйымларында түрли нызамбузыўшылық ҳәм коррупциялық жағдайлар, мәҳәллелердеги социаллық профилактикалық илажлардың алып барылыўы мәселелери кең түрде талқыланды. Орынларда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер көрсетип өтилип, айырым басшылардың өз ўазыйпасына немқурайлық пенен қарап атырғаны сынға алынды. Буннан соң әмелге асырылыўы тийис илажлар ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.