ЮНЕСКО тәрепинен таярланған қобыз саз әсбабы ҳәмде жыраўшылық өнери ҳаққындағы ҳүжжетли фильмниң презентациясы өткерилди
1359
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин ЮНЕСКОның Дүньяжүзлик мәдений мийраслары дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди. Бүгинги күнде усы берилген тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар даўам етпекте. Бундай жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде ЮНЕСКО халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланып, Қарақалпақстан көркем өнер сарайында фильмниң презентациясы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, фильмниң презентациясы халқымызға усынылып атырғаны мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. Буннан соң, БМШниң Өзбекстан Республикасындағы турақлы координаторы Сабина Махл сөзге шықты. Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз тəрепинен барлық тараўлар қатарында халқымыздың бай мәдениятының бири болған бақсышылық ҳәм жыраўшылық өнерин буннан былай да раўажландырыўға, оның миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримиздеги орнын ҳәмде әҳмийетин арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли жумыслар əмелге асырылмақта.
Усындай ийгиликли ислердиң даўамы сыпатында «Әўладлар сазасы: Қобыз ҳәм Жыраў» ҳүжжетли фильми халқымыз нәзерине усылымақта. Әлбетте, бул фильм миллий мийрасларымызды дүнья кең жәмийетшилигине және де кеңирек таныстырыўда ҳәм үгит-нәсиятлаўда айрықша орын ийелейди.