«Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң бас хаткер менен ушырасыў өткерилди
1131
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев «Түрксой» халықаралық түркий мәденият шөлкеминиң бас хаткери Султанбай Раев пенен ушырасты. Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў ҳәм тараў хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнге келип Түрксой шөлкеминиӊ толық ҳуқықлы ағзасы есапланған Өзбекстан, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы менен шөлкем арасындағы өз-ара дослық ҳәм мәдений байланыслар бирге ислесиўдиӊ жаӊа басқышына көтерилмекте. Шөлкемниң айрықша жәрдеми менен өткен жылы декабрь айында Стамбул қаласында қарақалпақ халқыныӊ уллы шайыры Әжинияз Қосыбай улыныӊ 200 жыллығы кеӊ түрде белгиленди. Сондай-ақ, Түрксой тәрепинен шөлкемлестирилип атырған түркий халықлардыӊ халықаралық фестивальларында «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жәмәәтлери белсене қатнасып келмекте.
Шөлкемниң бас хаткери, атақлы драматург Султан Раевтыӊ «Таж» пьесасы Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры жәмәәти тәрепинен сахналастырылғаны болса, жақын шериклик қатнасықларының еле де беккемленип атырғанлығының айқын мысалы есапланады. Өткерилген ушырасыўда мәденият ҳәм көркем өнер тараўында өз-ара бирге ислесиўди кеӊейтиў, Қарақалпақстанда халықаралық фестиваль ҳәм әнжуманларды өткериў бойынша сөйлесилди.