Қанлыкөл районында шарўашылықты раўажландырыў бойынша жойбар иске түсирилди
429
Қанлыкөл районы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Айдос Дузелбаев» көп тармақлы фермер хожалығы тийкарынан пахта ҳәм ғаллешилик пенен шуғылланып келмекте. Жақында фермер хожалығы тәрепинен 118 мың доллар қаржы тийкарында қарамалшылықты раўажландырыў жойбары әмелге асырылып, 30 бас нәсилли шарўа маллары алып келинди. Нәтийжеде, қосымша 5 жумыс орны жаратылды.