Қараөзек районында полиэтилен труба ислеп шығарыў жолға қойылды
463
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарында Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында елимизде исбилерменлер саны артып, жаңа қуўатлықлар иске түсирилип атыр. Қараөзек районы «Қойбақ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Mang’it polimer» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен полиэтилен труба ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылып, жаңа кәрхана иске түсирилди. Жеңиллетилген кредит қаржылары тийкарында улыўма баҳасы 377 мың доллар болған жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.