Елликқала районында жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды
476
Соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда оқыў мәсканларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балалардың сапалы билим-тәрбия алыўы ушын шараят жаратыў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, аймақларда социаллық объектлерди қурыў жумыслары даўам етип атыр.
Атап айтқанда, қарар тийкарында Елликқала районы «Пахтачи» мәҳәлле пуқаралар жыйынында 4,7 млрд. сум қаржы тийкарында жаңадан 90 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 