Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланбақта
496
Ҳүрметли Президентимиздиң 4271-санлы қарарына тийкар, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында «Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў» жойбарының әмелге асырылыўы белгиленген. Буның ушын 8,2 млн АҚШ доллары муғдарындағы қаржы ажыратылған болып, бүгинги күнде «Archico» ЖШЖ (Әзербайжан) компаниясы тәрепинен Мойнақ районында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған қурылыс жумыслары алып барылмақта. Жойбар шеңберинде 5 суў бөлистириў имараты, 128,1 км суў тармағын қурыў ҳәм реконструкциялаў нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта 25,2 км суў тармақлары тартылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте. Реже толық орынланыўы нәтийжесинде районның ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси арттырылады.