Әмиўдәрьяда жаңа қадақлаў кәрханасының жумысы жолға қойылды
485
Елимиздеги исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, Әмиўдәрья районында «BOTIR XONQA» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен ишимлик суўы ҳәм шербет ислеп шығарыў ҳәм қадақлаў жойбары иске түсирилди. Жойбардың улыўма баҳасы 2,6 млрд. сум болып, оның әмелге асырылыўы нәтийжесинде 10 жаңа жумыс орны жаратылды.