Елликқала районында 90 орынлық жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми бой тикледи
493
Ҳүрметли Президентимиздиң «Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбарын әмелге асырыў иләжлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар, аймақларда социаллық объектлерди қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, қарар тийкарында Елликқала районы «Чўпон» мәҳәлле пуқаралар жыйынында жаңадан 90 орынлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми 4 млрд. 750 млн. сум қаржы тийкарында қурып питкерилди ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

