Өзбасымшалық пенен ийеленген жер участкаларына ҳəм онда қурылған имаратларға ҳуқықларды тǝн алыў басланды
541
Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасына тийкар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм де оларда қурылған имаратлар ҳәм қурылмаларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген еди. Нызам менен пуқаралар ҳəм исбилерменлердиң мүлкке болған ҳуқықлары тəн алынады, пуқаралар арасындағы мүлкшилик, сондай-ақ, мийраслар менен байланыслы даўларға шешим табылады. Буннан тысқары, халықтың социаллық мəселелери (турақлы дизимге қойыў, материаллық жəрдем алыў, мектеп, бақшаға жайластырыў) ҳəм де имарат ҳəм объектлерди коммунал тармақларға жалғаў бойынша мəселелери шешиледи. Нызам талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң барлық аймақларында Мәмлекетлик кадастрлар палатасының қәнигелери тәрепинен мәҳәллелерде хатлаў жумыслары алып барылмақта. Хатлаў нәтийжелерине муўапық ҳәр бир объект ҳаққында мағлыўматлар ҳәм комиссия жуўмақлары etirof.kadastr.uz системасына киргизилип барылмақта. 2025-жыл 18-апрель күнги мағлыўматқа бола, Қарақалпақстан Республикасында 80 мәҳелледе 19 349 турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер хатлаўдан өткерилип, 7 854 объект автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизилди. Соннан, 5375 объект комиссияда ҳәм 2479 объект жәмийетшиликке жәрияланған. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессия қарары менен Шымбай, Кегейли, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Әмиўдәрья районларындағы 24 турақ жай ийелериниң өзбасымшалық пенен ҳәм артықша ийелеген жерлерине, оларда қурылған турақ жайларына ижара ҳәм мүлк ҳуқықлары тән алынды.