Билимди баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстандағы имараты қурып питкерилди
627
Ҳүрметли Президентимиздиң 2022-жыл 15-июньдағы «Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 279-санлы қарары тийкарында Билим ҳәм тәжирийбени баҳалаў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими ушын жаңа имарат қурылды. Атап өтиў орынлы, тест сынақларын жыл даўамында өткериўге мөлшерленген 1000 орынлық имаратты қурыў ушын Нөкис қаласы «Жаңа базар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан 2 га жер ажыратылып, 18,3 млрд. сум қаржы тийкарында заманагөй имарат қурылды ҳәм пайдаланыўға тапсырылды. Усы тийкарда абитуриентлердиң миллий сертификатлар ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларын тапсырыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылды.