Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери халықаралық математика олимпиадасында жоқары нәтийжелерге еристи
556
Усы жылдың 13-18-апрель күнлери Түркменстан Республикасының Ашхабад қаласында «Open Mathematical Olympiad for University Students (OMOUS-2025)» халықаралық математика олимпиадасы болып өтти. Онда фундаментал ҳәм анық пәнлерге қызығыўшылығы жоқары болған жасларды анықлаў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий байланысларды беккемлеў мақсетинде өткерилди. Олимпиадада Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студент-жаслары да табыслы қатнасып, сыйлы орынларды ийеледи. Атап айтқанда, Математика факултетиниң студенти Сункат Максатов 1-орынды ийелеп, алтын медалға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ, Дамир Дилмуратов гүмис медаль, Индира Сатниязова, Нурсултан Еримбетов ҳәм Наргиза Ҳақбергенова болса бронза медаллары менен сыйлықланды. Буннан тысқары, университет командасы командалық есапта да жоқары нәтийжеге ерисип, гүмис медалды қолға киргизди.