Дзюдо бойынша Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өтти
599
Бүгин Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде (Манеж) спорттың дзюдо түринен жаслар арасында Өзбекстан кубогы жарысларының ашылыў мәресими болып өтти. Ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р. Сапарбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы дзюдо федерациясы баслығы З.Кахраманов қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерин раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. Өткерилип атырған спорт жарыслары мине усы бағдардағы жумыслардан бири есапланады. Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди.