Нөкис районында инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасын орнатыў жойбары әмелге асырылды
713
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы тийкарында Япония ҳүкимети тәрепинен Нөкис районы аймағындағы Қарақалпақстан майыпларды реабилитациялаў ҳәм протезлеў орайына «Johkasou» атлы инновациялық япон ақаба суўларын тазалаў системасы орнатылды. Бул технологияны орнатыўдан мақсет турмыслық ақаба суўларды тазалап, техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде қайта пайдаланыў, экосистеманы беккемлеў болып есапланады. Улыўма баҳасы 40 мың доллар болған жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде суў арқалы жуғатуғын кеселликлерди азайтыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм саламат орталықты тәмийинлеў илажларын кеңейтиў имканияты жаратылды. Қуўатлылығы 20 м3/сутка болған жаңа «Johkasou» системасы ақаба суўларды микроорганизмлер жәрдеминде техникалық ҳәм хожалық мақсетлеринде қайта пайдаланыў ушын жарамлы болған техникалық суўға айландырады.