«Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық конференциясы өткерилди
607
Нөкис қаласында «Арал туризми» халықаралық ҳәптелиги шеңберинде «Аралбойы жақсы нийет елшилери» халықаралық конференциясы болып өтти. Конференцияда Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Бас прокуратура, Туризм комитетиниң ўәкиллери, сондай-ақ, экологияға байланыслы институтлар, билимлендириў мәкемелериниң қәнигелери, сырт елли экспертлер ҳәм басқалар қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов аймақта «жасыл қапламалар» - қорғаў тоғайлықларын пайда етиў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, 2018-жылдың декабрь айынан баслап Арал теңизиниң суўы қурыған ултанына шөл өсимликлериниң туқымлары ҳәм нәллерин егиў жумыслары әмелге асырылып келинбекте. Соннан, өткен 2018-2024-жылларда жәми 1,8 миллион гектардан аслам майданда сексеўил ҳәм басқа да шөл өсимликлеринен ибарат жаңа тоғайлықлар жаратылды ҳәм бул жумысларды әмелге асырыўда 7 мың тоннадан аслам шөл өсимликлери туқымлары егилди. Бул бағдардағы жумыслар ҳәр жылы жоқары дәрежедеги шөлкемлескенлик пенен даўам еттириледи.
Илажда Арал машқаласының ақыбетлерин жумсартыў, Аралбойы халқының турмысын жақсылаў бағдарында халықаралық дәрежеде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша бир қатар тараў қәнигелери баянат жасады. Конференцияда қәнигелер тәрепинен Аралбойында жасыл қапламаларды көбейтиў, шорланыўды азайтыў, шөллениўдиң алдын алыў, аймақ халқының турмыс тәризин жақсылаў, бул бағдарда билимлендириўди күшейтиў ҳәм маман кадрлар таярлаў, климат өзгериўи мәселелери сыяқлы әҳмийетли экологиялық жойбарларға итибар қаратылды.