Қарақалпақстанда жәмийетлик транспорт хызметин еле де раўажландырыў мәселелери бойынша Қытай компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў өткерилди
588
Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети баслығы И.Сдиков ҳәм Транспорт министри П.Каипбековлар хызмет сапары менен Қытай Халық Республикасының Чжэнчжоу қаласына барды. Сапар шеңберинде «Yutong Bus Co» компаниясының халықаралық маркетинг бойынша вице-президенти Сюй Пен менен жәмийетлик транспорт хызметин еле де раўажландырыў мәселелери бойынша ушырасыў өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў мақсетинде ҳәрекеттеги автобуслар үлесин көбейтиў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар додаланды. Сондай-ақ, ушырасыўда «Yutong Bus Co» кәрханасында ислеп шығарылған автобуслардың Қарақалпақстанда саны артып атырғанлығын есапқа алып, Қытай компаниясы тәрепинен сервис хызметин күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Сапар даўамында Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Yutong штаб-квартирасында болып, Инновациялық технологияларды биргеликте өзлестириў, технологиялар тараўында ерисилген жетискенликлер, сондай-ақ, бренд илажында қатнасып, алдағы ўақытта бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Сондай-ақ, өз-ара шерикликти кеңейтиў мәселелери де талқыланып, Yutong автобуслары бойынша көплеген мағлыўматлар алынды. Атап өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы «Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў иләжлары ҳаққында»ғы 59-санлы қарарына муўапық, Нөкис қаласына дерлик 11 млрд.сумлық қаржылар есабынан лизинг тийкарында «Yutong Bus Co» кәрханасынан 12 автобус алып келинген еди. Усы жылда жәмийетлик транспорт хызметин еле де раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстанға жаңа автобуслар алып келиниўи режелестирилген.