Қанлыкөл районында грант қаржылары тийкарында жаңа бағ жаратылып атыр
613
Бирлескен миллетлер шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының «Аралбойы регионындағы жәмийетлик бирлеспелердиӊ жасыл, инклюзив раўажланыўына көмеклесиў ҳәм жергиликли халықтыӊ турақлылығын арттырыў» жойбары тийкарында Қанлыкөл районы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бисенов Сабур» дийқан хожалығы ушын грант қаржылары ажыратылған еди.
Усы тийкарда 10,2 мың АҚШ доллары муғдарындағы бағшылықты раўажландырыў жойбары әмелге асырылды ҳәм 3 гектар майданға 2500 ден артық жоқары сортлы мийўели терек нәллери алып келинип егилди.
Атап өтиў орынлы, дийқан хожалығы буннан алдын да бағшылық пенен шуғылланып келмекте ҳәм жаңа жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде бағ майданы кеңейип, және қосымша жоқары дәрамат алыўына тийкар жаратылды.