Жоқарғы Кеңес комитетиниң мәжилиси өткерилди
967
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң мәжилиси өткерилди. Мәжилисти комитет баслығы М.Атамуратов ашты ҳәм алып барды.
Күн тәртибинде дәслеп «Жасларды илим-пәнге кызықтырыў ҳәм илимий жумысқа тартыў бойынша билимлендириў мәкемелеринде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасарының есабаты ҳаққында»ғы мәселе қарап шығылды. Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратовтың есабаты тыңланып, күн тәртибиндеги мәселе кең түрде талқыланды.
Буннан соң, «Кегейли, Хожели ҳәм Әмиўдәрья районларындағы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыўды шөлкемлестириў жағдайларын үйрениў бойынша дүзилген исши топардың мәлимлемеси ҳақкында»ғы мәселе қарап шығылды. Бул мәселе де депутатлар тәрепинен қарап шығылып, тийисли сораўларға жуўаплар алынды.
Мәжилис даўамында депутатлар тәрепинен сораўлар берилип, әҳмийетли мәселелер көтерилди. Буннан соң қарап шығылған мәселелерди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясы күн тәртибине усыныў бойынша тийисли тәртипте қарарлар қабыл етилди.