Алыс Аспантай аўылының ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды
845
Бозатаў районының шетки аймақларынан бири болған «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы хожалықлар санының артыўына байланыслы пуқаралардың ишимлик суўға болған талабын қанаатландырыў зәрүрлиги пайда болған еди. Бирлескен миллетлер шөлкеминиң балалар фондының (ЮНИСЕФ) шетки аўыллардағы балаларды ишимлик суўы менен тамийинлеў жойбарының 26,1 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары тийкарында аўыл халқының ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды.
Жойбар шеңберинде 4 дана 1м3 жер асты суўын душшыландырыўшы станциясы толық реконструкцияланды ҳәм қуўатлылығын арттырыў ушын 30 метр тереңликтеги 2 дана қудық (скважина) жаңадан қурылды. Нәтийжеде, аймақта жасаўшы 840 пуқара барлық санитариялық-гигиеналық талапларға жуўап беретуғын таза суў менен тәмийинленди.