Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық көриў мәселелерине бағышланды
1014
Әмиўдәрья районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериўши жумысшы топар баслықлары ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери комитети баслығы Ш.Өтемисов, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Турманов, жумысшы топар ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери қатнасты.
Семинарда мәҳәлле баслығы сайлаўын өткериў тәртиби, тийкарғы тәреплери, процессти дурыс шөлкемлестириўде итибар қаратылыўы зәрүр болған тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында сөз болды. Бул бойынша районда шөлкемлестирилген жумысшы топар жуўапкерлерине тийисли усыныс ҳәм көрсетпелер берилди. 