Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай компаниялары ўәкиллери менен ушырасты
1162
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қытай Халық Республикасының CSADI company (Central South Architecture designe Institute) co LTD компаниясы вице-президенти Лю Гэнг Чжон басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Өткерилген ушырасыўда республикамыз аймағында сырт ел инвестицияларын тартыў арқалы жаңа жойбарларды әмелге асырыў, биргеликте ислесиў перспективаларын белгилеп алыў, Қытай мәмлекети технологиялары тийкарында республикамыз аймағында жаңа объектлерди қурыў ҳаққында сөз етилди. 
Сөйлесиўлер даўамында компания ўәкиллери республикамыз аймағында жаңа объектлерди қурыў бойынша өзлериниң жойбарларын усынды ҳәм презентациялары менен таныстырды.
Өз нәўбетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен инвестициялық тартымлылықты арттырыў, жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша кең имканиятлар жаратып берилгенлигин, ҳәр қандай баслама ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылатуғынлығын атап өтти.