Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы WORKOUT бойынша «Универсиада-2025» спорт жарысларының жеңимпазы болды
830
Усы жылдың 22-23-апрель күнлери Сурхандәрья ўәлаятының Термиз қаласында спорттың WORKOUT түри бойынша «Универсиада-2025» спорт жарысларының республикалық финал басқышы болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы қурамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалы ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спортшы студент жаслары қатнасып, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларының студентлеринен дүзилген командалар менен күш сынасты.
Студент жигитлер арасында болып өткен жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 1-орынды ийеледи ҳәм «Универсиада-2025» спорт жарысларының жеңимпазы болды. Ал, студент қызларымыздан дүзилген сайланды командамыз ағзалары спорт жарысларында сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медалларды қолға киргизди.