Төрт оқыўшымыз мүдеттинен алдын студент болды
683
Усы жылдың 14-апрель күни Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт-газ университетиниң Ташкент филиалы басламасы менен шөлкемлестирилген улыўма орта билим бериў мектеплериниң 11-класс оқыўшылары арасында рус тили пәнинен Губкин пән олимпиадасы өткерилген еди. Онда 4 оқыўшымыз жоқары нәийжелерге ерисип, мүнәсип хошаментленди. Нөкис қаласы 32-санлы мектептиң оқыўшысы Ибрайимова Улзада; Нөкис қаласы 4-санлы мектепктиң оқыўшысы Дузелбаева Камила; Нөкис қаласы 37-санлы мектептиң оқыўшысы Аташов Улуғбек; Қоңырат районы 37-санлы мектептиң оқыўшысы Амангелдиева Алия. Усы оқыўшыларымыз Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефт-газ университетиниң Ташкент филиалына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылланып, мүдеттинен алдын студент болды.