Мәмлекетимиз басшысы Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў жумыслары менен танысты
2412
Президент Шавкат Мирзиёев Мойнақ районына келип, Әмиўдәрья дельтасында киши суў бассейнлерин қурыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысты.
2019-2020-жылларға мөлшерленген бул жойбар суў бассейнлерин нәтийжели басқарыў арқалы аймақтағы социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаўға қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы аймақта шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў арқалы жумыс орынлары, халық дәраматларын көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.