Берунийде Мәмлекетлик хызметлер орайының заманагөй имараты пайдаланыўға тапсырылды
1770
Бүгинги күнде елимизде коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў илажлары алып барылып, карантин жағдайы енгизилген. Бундай шараятта халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, бул бойынша оларға әмелий жәрдем көрсетиў мәселеси жүдә әҳмийетли болып есапланады.
Бурын киши имаратта жайласқан Беруний районы Мәмлекетлик хызметлер орайының ханалары бираз тар болып, бул өз гезегинде пуқараларға хызмет көрсетиўде орай хызметкерлерине қолайсызлықларды келтирип шығарып атырған еди. Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа, заманагөй имараты пайдаланыўға тапсырылыўы әне усы машқалаларға шешим тапты.
Бүгин, яғный 5-июнь күни усы жаңа имараттың ашылыў салтанаты өткерилди. Илажда сөзге шыққан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлап, елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен илгери сүрилген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген ийгиликли идеяны турмысқа кеңнен енгизиў мақсетинде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик хызметлер орайларының пуқараларға қолайлықлар жаратыўға итибар қаратып, олардың жасап турған орынларында, соның ишинде алыс аймақларда мәмлекетлик хызметлерди көрсетип атырғанлығын айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде район Мәмлекетлик хызметлер орайы пуқараларға 130 дан аслам хызмет түрлерин көрсетип келмекте.
Заманагөй, ең соңғы мәлимлеме-технологиялық қураллары менен тәмийинленген бул имаратта енди орай хызметкерлери ҳәм пуқаралар ушын барлық қолайлықлар жаратылды. Жаңа имаратта дем алыў ҳәм медицина ханалары, балалар майданшасы бар. Буннан тысқары, Әдиллик министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Мадад” мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ҳуқықый мәсләҳәт бюросы усы жердиң өзинде пуқараларға бийпул мәсләҳәтлер берип барады.
Сондай-ақ, орайда электрон нәўбет системасы енгизилген. Зәрүр антисептикалық қураллар менен тәмийинленген орайда пуқараларға аралықты сақлаған ҳалда хызметлер көрсетилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети