Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде социаллық жәрдемге мүтәж, турмыс шараяты аўыр, жумыссыз ҳәм кәсип-өнерге ийе болмаған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 21-апрельдеги «Материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларды, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында бул бағдарда «Мәҳәлле кесиминде» ислеў системасында «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы олардың машқалаларын системалы түрде шешиў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаўдың ўақтыншалық тәртиби енгизилди.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 24519 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген болса, соннан 22484 ҳаял-қызға жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, 8008 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди, 2402 ҳаял-қыз кәсипке оқытылды, 2949 ҳаял-қызға кредит алыўына жәрдем берилди, 685 ҳаял-қызға үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыўы ушын жәрдем берилди.
Жәми 117 ҳаял-қызға ижара компенсациясын төлеп бериўде ҳәм турақ жай менен тәмийинлеўде жәрдем көрсетилди. Биринши топар майыплығы 64 ҳаял-қыздың турақ жайы оңлап берилди.2083 ҳаял-қызға медициналық, 838 ҳаял-қызға ҳуқықый, 905 ҳаял-қызға психологиялық жәрдем көрсетилди.
Мәжилисте ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы