МӘМЛЕКЕТЛИК СЫЙЛЫҚЛАР ТАПСЫРЫЛДЫ
            
              3422
            
          Мәмлекетимизде миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетимизде түрли миллет ўәкиллери арасындағы өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт орталығын сақлаў, миллий мәдениятлар, үрп-әдет ҳәм дәстүрлердиң өзине тәнлигин сақлаў және раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлеси, сырт мәмлекетлер менен еки тәреплеме пайдалы қатнасықлар ҳәм мәдений-ағартыўшылық байланысларды жаңа басқышқа көтериў, мәмлекетимиздиң тынышлық сүйер ҳәм ўатансүйиўши сиясатын халықаралық көлемде кеңнен үгит-нәсиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз Өзбекстан Републикасы Президентиниң пәрманына муўапық, Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен «Халықлар дослығы» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслары комитети баслығының орынбасары А.Тошев жыйналғанларды Халықлар дослығы күни менен және бир мәрте қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен быйыл биринши мәрте белгиленген бул қутлы сәне елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң бир-бирине болған дослығын, аўызбиршилигин, кенгпейиллигин және бир мәрте айқын сәўлелендирди.
Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм елат ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликли шаңарақ болып жасап, барлық тараўда пидайылық пенен мийнет етип, елимиздиң раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын мүнәсип үлес қосып келмекте. Конституциямыз ҳәм нызамларымызда Өзбекстан Республикасының бәрше пуқаралары, миллети, тили ҳәм динине қарамастан тең ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екени белгилеп қойылған. Оларға өз мәдениятын, дәстүрин ҳәм үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын бәрше шараятлар жаратылған.
Илажда орден ҳәм медальлар, көкирек белгилери өз ийелерине тапсырылды.
Сондай-ақ, республикамызда жумыс алып барып атырған миллий мәдений орайларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң баҳалы саўғалары тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси У.Жалменов, Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң Жаслық емлеў профилактика мәкемеси мийирбийкеси, II дәрежели «Саломатлик» ордениниң ийеси Ж.Жүгинисова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.
        
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
М.Ҳабибуллаев түсирген сүўретлер