ОКРУГЛИК САЙЛАЎ КОМИССИЯСЫ ҚУРАМЫНА ТАЛАБАНЛАР УСЫНЫЛДЫ
            
              3312
            
          10-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма биринши сессиясы болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қала ҳәм район студияларында қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, быйыл 24-октябрь күни елимизде Президент сайлаўы болып өтеди.  Сайлаў кампанияси 23-июльден басланды. Бүгинги күнде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў округлери дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 21-статьясына муўапық округлик сайлаў комиссиясынын қурамы бойынша Жоқарғы Кеңес тәрепинен Орайлық сайлаў комиссиясына усыныс етилиўи тийис.
Сессия мәжилиси күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, яғный Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўды өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў туўралы мәселе көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлардын дизимин оқып еситтирди.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңес депутатлары тийисли қарар қабыл етти.
Сондай-ақ, сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы» мәселе көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма биринши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
        
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети