ЕЛИМИЗ ИСБИЛЕРМЕНЛЕРИ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ БОЛЫП ӨТТИ
            
              1998
            
          Усы жылдың 20-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев мәмлекетимиз исбилерменлери менен ашық саўбетлесиў өткерип, елимизде исбилерменликти буннан былайда раўажландырыў бағдарында бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм режелерге тоқталып өткен еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәмде Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икрамов басшылығында елимиз исбилерменлери менен ушырасыў өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, қала ҳәм районларда шөлкемлестирилген студияларда өткерилген ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Саўда-санаат палатасы ўәкиллери, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм ҳәкимликлер, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм коммерциялық банклер баслықлары, исбилерменлер қатнасты.
Ушырасыўды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ашты.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз ушырасыўда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, системалы машқалаларды сапластырыў илажларын додалап, исбилерменлердиң усынысларын, олардың мүрәжат ҳәм машқалаларын тыңлады. Елимизде исбилерменликти жәнеде раўажландырыў бойынша бир қатар реже ҳәм ўазыйпаларды белгилеп берди.
Ең әҳмийетли машқалаларды системаластырып, оларды шешиўге қаратылған 7 әхмийетли бағдар бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылғаны, бул бойынша бир қатар имканиятлар, қолайлықлар жаратылыўы атап өтилгени исбилерменлердиң ертеңги күнине болған исенимин жәнеде арттырды.
Әсиресе, Қарақалпақстанда исбилерменлер ушын шараятлар жаратыў бойынша усыныс ҳәм басламасы исбилерменлерди жәнеде руўхландырып жиберди.
Ушырасыўды Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икрамов алып барды.
Онда Президентимиз тәрепинен исбилерменликти раўажландырыў ушын белгилеп берилген жөнелислер бойынша имканиятларын иске салып,  өз исбилерменлигин раўажландырыўды нийет еткен бир қатар исбилерменлеримиз сөзге шығып, өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.
        
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети