Атап айтқанда, быйылғы жылдың 17-сентябринде Нөкис қаласында жоқары дәрежеде өткерилген Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалында бул көркем өнер түри Орайлық Азия мәденияты цивилизациясында үлкен әҳмийетке ийе көркем өнер бағдары екенлигин халықаралық көркем өнертаныўшылар тәрепинен тән алынғанлығының ҳәммемиз гүўасы болдық.
Бүгин әне усындай халықаралық фестивальда тыным таппай мийнет еткен, өзиниң ўазыйпасын шын жүректен атқарып, жуўапкершилигин сезинген бир топар шөлкемлестириўши топардың ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы тәрепинен «Ўатан пидайысы» (Ватан фидойиси) көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Мәденият министри Озодбек Назарбеков сыйлықларды өз ийелерине тапсырып атырып,былай деди: – Халықаралық бақсышылық фестивалын мүнәсип шөлкемлестириўде бизге ийинлес болған туўысқан қарақалпақ халқына миинетдар екенимизди атап өтиў зәрүр. Бүгинги сыйлықлаў да бул көркем өнер түрине болған итибар ҳәм оны раўажландырыўға қосылған мүнәсип үлестиң айқын үлгиси болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги