Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң медицина тараўы хызметкерлерине байрам қутлықлаўы
1132
Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызметкерлери!
Ең дәслеп, бәршеңизди ҳәр жылы елимизде кеңнен белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз. Сизлерди халқымыз саламатлығын, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, қәстелерге шыпа бағышлаў жолында садықлық ҳәм пидайылық үлгилерин көрсетип атырған саўаплы кәсип ийелери, деп билемиз ҳәм машақатлы мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз. Әсиресе, пүткил дүнья бойлап кең тарқалған коронавирус пандемиясы бәршемизге инсан саламатлығын ҳәм өмирин сақлаўда медицина хызметкерлериниӊ мийнетлери қаншелли дәрежеде бийбаҳа екенлигин және бир мәрте дәлилледи. Ҳақыйқатында да, өз өмирин ҳәм денсаўлығын қәўип астына қойып, мыңлаған инсанлардың дәртине шыпа таўып, өмирге қайтыўында бар билим ҳәм тәжирийбесин сарыплап, мәртлик үлгилерин көрсетип атырған медицина хызметкерлериниӊ мийнетлерин ҳеш нәрсе менен теӊеп ҳәм баҳалап болмайды. Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиӊ сапасын арттырыў, тараўда жеке секторды раўажландырыў, медициналық мәкемелерди зәрүрли дәри өнимлери ҳәм әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, медицинаныӊ бирлемши буўынын кеселликти ерте анықлайтуғын ҳәм даўалайтуғын системаға айландырыў, жүрек-қан тамыр кеселликлериниӊ алдын алыў ҳәм оларды даўалаў системасын жетилистириў бағдарында кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилиўи, жүргизилип атырған реформалардыӊ жылдан-жылға тереӊлесип барыўы, елимизде дүнья медицинасы әмелиятындағы соңғы жетискенликлер ҳәм алдынғы инновациялық технологиялардың енгизилиўи, маман кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасының және де жетилистирилиўи, заманагөй медициналық мәкемелердиң қурылыўы, олардың материаллық-техникалық базасының беккемленип барылыўы турмысымызда айрықша орын тутпақта. «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланған быйылғы жылда халқымыздыӊ саламатлығын қорғаў бойынша пүткиллей жаӊа система жаратылғанын, яғный, кеселлик себеплерин анықлаў ҳәм оларды емлеўде “мәҳәллебай” жумыс алып барыў әмелиятыныӊ жолға қойылғанын айрықша атап өтиўимиз тийис. Әсиресе, бүгинги байрам алдынан Ҳүрметли Президентимиздиӊ тараў хызметкерлерине жоллаған қутлықлаўында ҳәмде жақында ғана болып өткен видеоселектор мәжилисинде медицина хызметкерлерине жоқары исеним билдирилиўи – Сизлерге жаӊаша күш-жигер бағышлайды, деп беккем исенемиз. Қәдирли дослар! Өзлериӊизге белгили, елимизде ҳәр жыл сайын медицина тараўыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлери ҳәм халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў мәселелерине жоқары итибар қаратылып келинбекте. 2016-2020-жыллары аралығында Инвестиция бағдарламасына муўапық денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша 64 объектте 195 миллиард сўмнан аслам қаржы есабынан қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылған болса, быйылғы жылы 8 объектте 48 миллиард сўмлық жумыслар жуўмақланыў алдында тур. Сондай-ақ, өткен бес жыл даўамында емлеў-профилактикалық мәкемелери ушын дерлик 126 миллиард сўмлық зәрүрли медициналық әсбап-үскенелер алып берилди. Қалаберсе, тараўдың бир қатар пидайыларының мәмлекетлик сыйлықларға миясар деп табылыўы, тараў хызметкерлериниң материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатланыўы Сизлерге деген айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың көриниси саналады. Буған жуўап ретинде ҳәр бириңиз елимиздиң ең жоқары байлығы болған инсан саламатлығын қорғаўда, кеселликлерди ерте анықлаўда, олардыӊ түрлерин азайтыўда ҳәм алдын алыўда, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде белсендилик көрсетесизлер, деп беккем исенемиз Қәдирли медицина тараўы хызметкерлери! Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, инсан саламатлығын қорғаўдай оғада машақатлы, жуўапкерли ҳәм ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймиз! Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев