ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ НОРВЕГИЯ ЕЛШИСИН ҚАБЫЛЛАДЫ
1298
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 25-ноябрь күни Норвегнияның Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джон Микал Квистадты қабыллады.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов Норвегия елшисин республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Норвегия арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы өз-ара бирге ислесиў нәтийжесинде елимизде бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Әсиресе, Норвегияның БМШның Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көпшериклик Траст фондының жумысын қаржыландырыў бойынша әмелге асырып атырған жумысларына жоқары баҳа берди.
Өз гезегинде Норвегияның Өзбекстан Республикасындағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Джон Микал Квистад жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Соңғы жылларда елимизле Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы экологиялық жағдайды сапластырыў, Аралбойы аймағындағы халықтың денсаўлығын беккемлеў, абадан турмысын тәмийинлеў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғанлығына айрықша тоқталды.
Қабыллаўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасыўлар болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети