Кем тәмийинленген шаңарақлар мәмлекет итибарында
1791
26-ноябрь күни Қанлыкөл районы “Қанлыкөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 20 хожалыққа мөлшерленген турақ жай өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң Баслығы М.Камалов, “Ўзбекнефтгаз” АЖ ўәкили О.Сагдиев, район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде кем тәмийинленген, өзгениң жәрдемине мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Аймақтағы аўыллық шыпакерлик поликлиникасының бос турған ески имаратын турақ жайға бейимлестириў мақсетинде «Ўзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан 1 миллиард 620 миллион сўмнан артық қаржы есабынан реконструкция жумыслары әмелге асырылды.
Имарат 2 қабатлы, 20 хожалыққа мөлшерленген болып, барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Ҳәр бир хожалыққа арналған ханаларда заманагөй ысытыў үскенелери оранатылған.
Мәресимде ханалардың өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды. Қәўендерлер тәрепинен шаңарақ ийелерине күнделикли тутыныў техникалары саўға етилди.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети