“АЙҚУЛАШ” АНСАМБЛИНЕ 65 ЖЫЛ
4227
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли шөлкемлестирилгениниң 65 жыллығы мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов ансамбль жәмәәтин ҳәм нураныйларын ансамблдиң 65 жыллық юбилейи менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде Президентимиз басшылығында мәденият ҳәм көркем-өнер тараўын раўажландырыўға, дөретиўши инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ислер әмелге асырылмақта.
Халқымыздыӊ бийтәкирар мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыўда, оны дүньяға танытыўда «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли айрықша орын ийелейди. Бул ансамбль жәмәәти миллий қосықшылық, сазендешилик, аяқ ойыны өнерлери бойынша мәмлекет ҳәм халықаралық көлемде үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.
Ансамблдиӊ дөретиўшилик жәмәәти көп әсирлик бай мәдениятымыз бенен көркем-өнеримизди кеӊнен үгит-нәсиятлап ғана қоймастан, халқымыздыӊ руўхый дүньясын және де байытыў, жас әўладты миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизге ҳүрмет, ана-Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаўда өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырғанын айрықша атап өтиў тийис.
Мәмлекетлик илажлардыӊ концерт бағдарламалары, республика көлеминде өткерилип киятырған улыўмахалықлық байрамлар, фестиваллар ҳәм басқа да мәдений илажларға «Айқулаш» ансамбли де белсене катнасып келмекте. Ансамбль жәмәәтиниӊ Россия, Әзербайжан, Молдова, Украина, Беларусь, Грузия, Армения, Қубла Корея, Қытай ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлерде гастроль сапарларында ҳәм фольклор фестивалларында қатнасып, халықаралық мәдений ҳәм дослық байланысларын және де беккемлеўге салмақлы үлес қосыўы – бул қарақалпақ миллий мәденияты менен көркем-өнерине болған ҳүрмет, садықлық ҳәм пидайылықтыӊ көриниси саналады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ансамбль жәмәәтиниң бир топар ағзалары ҳәм нураныйлары Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәмде көкирек белгилери менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов сыйлықларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
Илажда Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети