ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ
4576
30-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қала ҳәм район студияларында қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессия мәжилиси күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, яғный «Нормативлик-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.
Бул мәселе бойынша 26-санлы “Шаббаз” сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты Х.Ешимбетов сөзге шықты.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессияда «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты В.Каленова баянат жасады.

Сондай-ақ, сессияда 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдыӊ бес әҳмийетли бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында ислеп шығылған илажлар режесиниӊ Мойнақ районында орынланыў барысы бойынша район ҳәкиминиӊ мәлимлемеси туўралы, Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәлимлемеси туўралы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети