ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ БМШ АРНАЎЛЫ БАЯНАТШЫСЫН ҚАБЫЛЛАДЫ
2071
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов 2-декабрь күни БМШниң терроризмге қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў, тийкарғы еркинликлерин илгери сүриў бойынша арнаўлы баянатшысы Фионулла Ни Аолайнды қабыллады.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманларды Қарақалпақстанға сапары менен қутлықлап, соңғы жылларда Президентимиз тәрепинен Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформаларды әмелге асырыў процесинде ең дәслеп инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, мәплерин тәмийинлеў, халықтың пикир ҳәм дәртлерин тыңлаў, машқалаларын сапластырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Өз гезегинде БМШниң арнаўлы баянатшысы Фионулла Ни Аолайн Өзбекстанда пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, әсиресе, жолдан адасқан, сырт еллерде ҳуқықлары бузылған инсанларды, бунда биринши гезекте ҳаял-қызлар ҳәм балаларды Ўатанға қайтарыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.
Қабыллаўда инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында бирге ислесиўди буннан былай раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети, М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери