Мәмлекетлик хызметлер орайының заманагөй имараты пайдаланыўға тапсырылды
Бүгинги күнде район Мәмлекетлик хызметлер орайы пуқараларға 160 дан аслам хызмет түрлерин көрсетип келмекте.
Заманагөй, ең соңғы мәлимлеме-технологиялық қураллары менен тәмийинленген бул имаратта енди орай хызметкерлери ҳәм пуқаралар ушын барлық қолайлықлар жаратылды.
Соны да атап өтиў орынлы пуқараларға қолайлықлар жаратыў, артықша әўерегершиликлердиӊ алдын алыў, олардыӊ ўақтын тежеў мақсетинде орай имаратына Халық қабыллаўханасы, районлық ПҲАЖ бөлими жайластырылған. Бул өз гезегинде пуқаралар ушын бир жердиӊ өзинде бир неше жумысларыныӊ бир ўақытта питиўине себеп болады.
Ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлықларға ийе болған Мәмлекетлик хызметлер орайыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы халқымызға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге шараят жаратады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети