Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң нәўбеттеги жыйналысы болып өтти.
1323
2021-жыл 9-декабр күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги имаратында "9-декабр - Халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў күни"не бағышланған "Коррупцияға қарсы биргеликте гүресемиз!" атамасында семинар өткерилди.
Семинарға Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң ағзалары, тийисли тараў ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Семинардыӊ күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң хаткери З.Реймова сөзге шығып, бүгинги күнде елимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.
Буннан соӊ тийисли тараў ўәкиллери сөзге шығып коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм басқа да мәселелер бойынша баянатлар жасады.
Семинар сораў-жуўаплар менен даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети