Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ Өзбекстанныӊ сырт еллердеги елшилери менен ушырасыўы болып өтти
1481
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камаловтыӊ Өзбекстанныӊ сырт еллердеги елшилери менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм сырт еллер арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм өз ара дипломатиялық байланыслар саўда-экономикалық, социаллық ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етип, бул бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар өзиниң унамлы нәтийжелерин берип атырғанлығын атап өтти.

Өзбекстанныӊ сырт еллердеги елшилериниӊ сапарынан гөзленген мақсет Қарақалпақстан Республикасындағы социаллық-экономикалық реформалардыӊ барысы, халыққа ҳәм исбилерменлик субектлерине жаратылған шараятлар менен танысыў, сырт елли шериклерди елимизге тартыў арқалы түрли тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларға көмеклесиў, әсиресе сырт ел инвестицияларын тартыўға қызығыўшылығы болған жойбар ийелерине әмелий жәрдем көрсетиў, илимий, техникалық ҳәм басқа да жәрдем түрлерин талап ететуғын тараўларды үйрениўден ибарат болып есапланады.
Елшилердиӊ сапары 15-декабрьге шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети