«ХОШАМЕТ-2021» сыйлықлаў салтанаты болып өтти
4485
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Хошамет-2021» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Сыйлықлаў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов cөзге шығып, елимизде жасларға болған итибар, әсиресе Ҳүрметли Президентимиздиӊ жасларға айрықша итибар қаратып, олардыӊ тереӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, шет тиллерин үйрениўи, исбилерменликти жолға қойыўы, еӊ баслысы, ҳәр тәреплеме саламат, бәркамал болып кәмалға келиўи ушын ғамхорлық көрсетип киятырғанлығын атап өтти.
Оннан соӊ, күнделикли турмысымызда түрли тараўларда пидайылық көрсетип киятырған жаслар, соның менен бирге, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда өрнек болып киятырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымларының ўәкиллери 20 номинация бойынша «Хошамет – 2021» сыйлығы менен хошаметленип, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети