«Келешек лидерлери» форумы болып өтти
2297
Бүгин «Өзбекстан Жаслар форумы – 2021» ҳәптелиги шеӊберинде «Келешек лидерлери» форумы өткерилди. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов сөзге шығып, елимиздеги талантлы ҳәм қәбилетли жасларды мәмлекетлик пуқаралық хызметине қызықтырыў, оларды ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў, кадрлар селекциясы арқалы аймақларда жоқары қәнигели мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң қатламын ҳәм жаңа әўладлар арасынан перспективалы кадрлардың резервин қәлиплестириўде «Келешек лидерлери» клубының орны айрықша екенлигин атап өтти. Келешекте клуб ағзаларыныӊ ҳәмде жаслардыӊ өз билими және потенциалы менен елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғынына беккем исеним билдирди.
Буннан соӊ өзлериниӊ баслама ҳәм идеялары менен жойбарлар ислеп шығып, бир қатар таӊлаўларда жеӊимпаз болған, сондай-ақ, түрли тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған қабилетли жаслар сертификат ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Илаж даўамында жаслар өзлериниӊ таярлап келген бизнес басламалары, стартаплары, мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелери бойынша жойбарларын таныстырды.

Илаж даўамында жаслар өзлериниӊ таярлап келген бизнес басламалары, стартаплары, мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелери бойынша жойбарларын таныстырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
