Таңлаўға келип түскен жойбарлар көрип шығылды
901
17-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тǝртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳǝм пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фонды тəрепинен мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған 8-таңлаўға қабыл етилген жойбарларды комиссия мәжилисинде көрип шығып, жеңимпазларын анықлаў, Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған 7-таңлаўға қабыл етилген жойбарларды қайта көрип шығыў мәселелери қарап шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен усы жылдың 11-ноябрьден 11-декабрьге шекемги мүддет аралығында мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған 8-таңлаўға жәми 3 жойбар келип түсти ҳәм жойбар арзаларының дизими ҳәм электрон базасы қәлиплестирилди.
Жойбарлар ҳаққында Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның бағдарлама ҳәм жойбарлардың социаллық ҳәмде улыўма әҳмийетин анықлаў бойынша исши топар ағзасы Қ.Бекбаўлиев кеӊнен түсиник берди.
Мәжилисте усы жойбарлар қаралып, олардыӊ мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери додаланды.
Соның менен бирге, мәжилисте комиссия ағзалары тәрепинен Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грант бойынша жәрияланған 7-таңлаўға қабыл етилген жойбарлар қайта көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети