Қол урысы бойынша Жоқарғы Кеӊес кубогы болып өтти
1160
Бүгин Нөкис қалалық 1- санлы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектебинде қол урысы спорт түри бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси кубогы шөлкемлестирилди.
Спорт жарысыныӊ ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиз басшылығында спортты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли жумыслар ҳаққында атап өтип, жарыс қатнасыўшыларына жетискенликлерге ерисиўине тилеклес екенлигин билдирди.
Буннан соӊ 9 салмақ категориясы бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери өз ара беллести.
Жарыс жуўмағында командалық есапта 1-орынды Ишки ислер министрлиги, 2-орынды Миллий гвардия, 3-орынды болса, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери жеӊип алыўға еристи. Жеӊимпазларға Жоқарғы Кеӊес кубогы, медаллар, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети