Жоқарғы Кеӊес комитетиниӊ қоспа мәжлиси
883
Шымбай районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ҳәм де халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Нызамлылықты тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының қоспа мәжилиси болып өтти.
Қоспа мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң хаткери З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилис күн тәртибинде Шымбай районлық Ишки ислер бөлиминиӊ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша, сондай-ақ, Шымбай районы Әдиллик бөлими бас мәсләҳәтшисиниӊ районында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барып атырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.

Буннан соӊ, мәмлекетлик уйымлар, мекеме ҳәм кәрханаларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өткерилген аноним сораўнамалардыӊ нәтийжелери додаланды.