«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланған байрам салтанаты болып өтти
2822
Миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безетилген пайтахтымыздағы орайлық атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып байрам салтанаты болып өтти.
Илаждыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиӊ аўыл хожалығы хызметкерлерине жолланған байрам қутлықлаўының мазмун-мәнисин, соныӊ менен бирге, аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм диверсифакциялаў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.
Байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Шымбай районы биринши, Қоӊырат районы екинши, Шоманай районының командасы сыйлы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам қатнасыўшыларының итибары қурға қаратылды. Бир неше салмақ категорияларында палўанлар беллесиўи болып өтти. Бас байрақ ушын ортаға гүресиў ушын Хожели районыныӊ палўаны Зарафатдин Турдымуратов ҳәм Шоманай районыныӊ палўаны Абдихаликов Мийирбек мирәт етилди. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Зарафатдин Турдымуратов жеңиске еристи. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов палўанға бас байрақ – Ласетти «Джентра» автомашинасыныӊ гилтин салтанатлы жағдайда тапсырды.
Қошқарлар урысы да тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты.
Буннан кейин ат спорты жарыслары басланды «Қыз қуўыў», «Теңге алыў», ҳәм бир, үш, бес, жети, он айлаўға атлар жиберилди. Онда Ташкент қаласынан, ҳәмде республикамыздың барлық районларынан келген шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған баҳалы саўғалар ушын бәйгиге түсти.

Әсиресе, он айлаўға жиберилген атлар шабысы бәршениң дыққат итибарында болды. Бәйгиге биринши болып келген ташкентли Әўез Хажының аты бас байрақты жеӊип алып, Ласетти «Джентра» автомашинасы менен сыйлықланды. Кейинги сыйлы орынларды ийелеген шабандозлар да қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Сондай-ақ, «Қыз қуўыў», «Теңге алыў», «Көкпар» жарысларының жеңимпазлары анықланып, баҳалы саўғалар тапсырылды.
Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына жоқары кейпият бағышлады. «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не бағышланып өткерилген байрам халық сейили менен узақ даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети